Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районында «Арал туризми» ҳәптелиги болып өтеди

244

Усы жылдың 16-19-апрель күнлери Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районында «Арал туризми» ҳәптелиги өткериледи.

Туризм комитетиниң мағлыўматына бола, ҳәптелик шеңберинде «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық илимий-әмелий конференция, «Арал художниклердиң нәзеринде» дөретиўшилик көргизбеси ҳәм пленери ҳәм Aral Dea Eco Race бәйгиси болып өтеди. Сондай-ақ, жас ҳәўескер ҳәм профессионал художниклердиң Арал ҳаққындағы сүўретлери таныстырылады.

Буннан тысқары, илаж қатнасыўшыларын «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» гастрономиялық фестивалы ҳәм тарийхый орынларға умытылмас саяхатлар күтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги