Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан  шараятында шорланыў дәрежеси жоқары болған  жерлердиң өнимдарлығын арттырыў, гумус муғдарын жоқарылатыў, егислик майданларыныӊ сапасын жақсылаў  мақсетинде Европа сертификатына ийе «Сапрогумус» органикалық төгинин қолланыў арқалы жазлық бийдай жетистириў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Илажды  Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов басқарып барды. Семинарға Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси директоры Д.Утамбетов, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновация миллий орайыныӊ Қарақалпақстан Республикасы агро хызметлер орайы директоры С.Шамшетов, Тақыятас районы ҳәкими Д.Қурбанов, Болгария Республикасыныӊ «Organic invest bio protect Ltd» компаниясы ўәкиллери Даниленко Александра Валерьевна, Кадыров Эрик Линарович, самарқандлы исбилермен, «Progress Zero Infinity» ЖШЖ баслығы Ш.Джураев, аўыл хожалығы бойынша илимпазлар ҳәм фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.

Семинардыӊ әҳмийетли тәреплериниӊ бири, Болгария Республикасыныӊ «Organic invest bio protect Ltd» компаниясы илимпазлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бийдай ҳәм салыгершилик илимий институты арасында бирге ислесиў шәртнамасы дүзилди.

Бул шәртнама исбилермен «Progress Zero Infinity» ЖШЖ тәрепинен қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылып,   жойбар Нөкис районы аймағында жолға қойылып, бийдайдыӊ «Саратов 68» сорты егилди.

Илаж даўамында аўыл хожалығы бойынша илимпазлар, тәжирийбели дийқанлар сөзге шығып, бул жаӊалықты қоллап-қуўатлап, өз пикир-усынысларын билдирди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги