Бүгин ислам үммети ушын муқаддес Рамазан айы ҳәм Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары, белгили жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қутлықлаўлар келмекте.

Мәмлекетимиз жетекшисине жоллаған қутлықлаўларда сырт елли бирге ислесиўшилер Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да ҳәр тәреплеме раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге умтылысын билдирмекте.

Соның ишинде, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Саудия Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Саудия Арабстаны Мийрасқоры, Министрлер Кабинетиниң Баслығы Муҳаммад ибн Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев;

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров;

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов;

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов;

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев;

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған;

Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;

Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий;

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян;

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министри Шайх Мансур бин Зоид ол Наҳаян;

Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний;

Қатар Мәмлекети Әмириниң орынбасары Шайх Абдуллаҳ бин Ҳамад Ол Соний;

Кувейт Мәмлекетиниң Әмири Шайх Мишъал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;

Марокаш Патшасы Муҳаммад VI;

Бахрейн Патшасы Шайх Ҳамад бин Исо Ал Халифа;

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II;

Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ал Саид;

Сирия Араб Республикасы Президенти Башар Асад;

Ирақ Республикасы Президенти Абдуллатиф Жамол Рашид;

Бруней Даруссалам Мәмлекетиниң Султаны Ҳассанал Болкиях;

Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос;

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусайн Иброҳим Тоҳа;

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусрав Нозирий;

Кавказ мусылманлары уйымының баслығы шейхулислам Оллоҳшукур Пошшозода.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.