Кеше футбол бойынша Европа лигасы шерек финалының дәслепки ойынлары болып өтти.

Англияда болып өткен Юрген Клопп басшылығындағы «Ливерпуль» ҳәм Италияның «Аталанта» клубы арасындағы ойында күтилмегенде мийманлар 0:3 есабында жеңиске еристи. Ал, Рим қаласында өткерилген «Рома» ҳәм «Милан» командалары арасындағы ойында майдан ийелери 1:0 есабында жеңиске еристи. Хаби Алонсо басшылық етип атырған Германияның «Байер» ҳәм Англияның «Вест Хэм» клублары арасындағы ойында болса,  ушырасыўдың соңғы минутларында Ҳофманн менен Бонифаселердиң урған еки голы есабынан жеңиске еристи. Есап 2:0.

Лиссабон қаласында болып өткен «Бенфика» ҳәм Францияның «Марсель» клублары арасындағы ойында португалиялылар 2:1 есабында жеңиске еристи.

Енди бул командалардың шерек финальдағы жуўап ушырасыўы 19-апрель күни болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги