Елликқала районы ҳәкимлигиниң басламасы менен арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Мүбәрек Рамазан ҳайыты алдынан Елликқала дийқан базарында шөлкемлестирилген ярмарка халықты аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, бул жердеги затларды арзан баҳаларда сатып алыў имканиятынын жаратты. Ярмаркаға өнимлерди үзликсиз жеткерип бериў мақсетинде тәмийнатшы кәрханалар, агрофирмалар менен фермер хожалықлары жуўапкер етип белгиленди.
Бундай басламалар базарларымызда өнимлердиң баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги