Хожели районы “Кулаб” мәҳәллесиндеги жасларға ажыратыў ушын белгиленген егислик жер майданында Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрель күнги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары хаққында”ғы ПҚ-153-санлы қарары тийкарында көргизбели семинар болып өтти.
Оған республикадан ўәкил Ғ.Сапаров, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, тийисли тараў баслықлары ҳәм 28 мәҳәллениң жетилик белсендилери қатнасты.
Район ҳәкими Ж.Ермашев өз сөзинде қарарда белгилеп берилген ўазыйпаларға тоқтап өтип, жасларымыз ушын жаратылып атырған жеңилликлерди айтып өтти. Атап айтқанда, айырым жасларға жеңиллетилген шәртлерде жер ажыратыў тиккелей “Мәҳәлле жетилиги” усынысы менен берилетуғыны ҳәм бул егислик майданлардан нәтийжели пайдаланыў кереклиги туўралы кең түрде түсиниклер берилди.
Семинар даўамында жуўапкер қәнигелерге бир қанша ўазыйпалар белгиленип, қарардың орынланыўы айрықша қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги