Конституциямызда халқымыздың ерк-ықрары сәўлеленген

266

Мойнақ районы Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен кең жәмийетшилик ўәкиллери, район белсендилериниң қатнасыўында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков шығып сөйлеп, Конституция инсан мәпин, оның ҳуқықлары менен еркинлигин, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жылы он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Бас нызам болып есапланады.

Конституцияның айрықша әҳмийетке ийе тәрепи – оның мазмун-мәниси ҳәм ҳуқықый күши толығы менен ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўға ҳәм инсан мәплерине хызмет етиўге қаратылған.

Илаж Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги