Түркияның Россия ҳәм ҒМДА мәмлекетлери институтының директоры Солиҳ Йилмаз «Дүнья» МА ушын интервьюсинде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың 5-апрель күни Өзбекстанға әмелге асырған сапарының жуўмақлары ҳаққындағы пикирлерин билдирди:

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң жақсы қоңсышылық ҳәм прагматикалық регионаллық сыртқы сиясаты, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм олар арасында орнатылған ашық ҳәм исенимге тийкарланған сөйлесиў еки тәреплеме қатнасықлардың сапа жағынан жоқары дәрежеге шығыўына хызмет етпекте.

Мәмлекет басшыларының ушырасыўында транспорт коммуникациялары тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, бирге ислесиў жойбарларын жеделлестириў, инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири – бул транспорт коммуникациялары тараўы болып есапланатуғынын атап өтиў керек.

Усы мүнәсибет пенен еки мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан темир жол администрациялары арасында трансаўған жөнелиси бойынша «Хайратон – Харлачи» жөнелисин раўажландырыўда қатнасатуғын биргеликтеги кәрхана шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлады. Қытай-Қазақстан-Өзбекстан жөнелиси бойынша жүк тасыўды шөлкемлестириў ушын Қазақстан-Қытай шегарасында ҳәм Өзбекстанда өз-ара пайдалы тийкарда жүк терминаллары усынылыўы транспорт тараўындағы бирге ислесиўдиң айрықша әҳмийетин және бир мәрте тастыйықлайды.

Еки мәмлекет басшылары бирге ислесиў жойбарларын жеделлестириў мәселелерине де айрықша итибар қаратпақта. Бул болса, өз гезегинде, Өзбекстан ҳәм Қазақстан исбилермен топар ўәкиллери ушын қосымша имканиятлар ашып атыр. Соның ишинде, Халықаралық санаат кооперациясы орайын қурыў жойбары жедел әмелге асырылмақта.

Қазақстан басшысының Өзбекстанға сапары, еки тәреплеме қатнасықларды және де тереңлестириў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғыны сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги