Өзбекстан делегациясы Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер турақлы ўәкиллериниң гезектеги мәжилисинде қатнасты

Өзбекстанның Ирандағы елшиси Фариддин Насриев басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Тегеранда өткерилген Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине (ЭБШ) ағза мәмлекетлер турақлы ўәкиллериниң 286-мәжилисинде қатнасты, деп хабар бермекте «Дүнья» МА хабаршысы.
Мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, 2023-жыл 9-ноябрь күни Ташкентте өткерилген ЭБШ 16-саммитинде Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған басламалардың орынланыўы додаланды.
Илаж шеңберинде «Шахрисабз қаласы 2024-жылы ЭБШ туризм пайтахты» деп тән алынғаны мүнәсибети менен усы жылдың 25-27-апрель күнлери Шахрисабзда өткерилетуғын илажлар кестеси көрип шығылды.
Өзбекстан елшиси Фариддин Насриев қатнасыўшыларға мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде алға қойылған басламалардың мазмун-мәниси ҳаққында айтып берди ҳәм оларды турмысқа енгизиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Ушырасыўда, сондай-ақ, ЭБШ шеңберинде регионлараралық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм бул бағдарда биргеликте илажларды әмелге асырыў мәселелери ҳаққында да пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги