Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис даўам етпекте.

Зарбдор аймағынан өткен Қоқанд – Жиззақ автомобиль жолы шетиндеги 55 гектар, Янгиабадта 700 гектар ески пистезарлықларды жаңалап, 5 гектардан халыққа бөлип бериў усынысы мақулланды.

Сондай-ақ, Зарбдорда сатылмай қалып атырған 10 ҳәм меншиклестириў бағдарламасына киргизилген 6 объекттиң басланғыш баҳасын 10 процентке шекем төменлетип, 5 жылға шекем бөлип-бөлип төлеў имканияты берилсе, исбилерменлер жойбарлаўы ҳәм 200 жумыс орны жаратылыўы мүмкин екнлиги атап өтилди.

«Мине, тек ғана районның өзинде қанша имканият! Қосымша 5 мың жумыс орны, кеминде 50 миллион доллар экспорт, район бюджетине қосымша 80 миллиард сум түсим», – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА