Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис даўам етпекте.
Зарбдордағы «Зарбдор текстиль» кәрханасында 800 адам ислейди. Түркиялы инвестор бул жерде және 1 мың орынлық қуўатларды иске қосыў ҳәм экспортты 50 миллион доллардан асырыўға қаратқан.
Мәмлекетимиз басшысы бундай мыңлаған жумыс орынларын жарататуғын, экспорт ететуғын кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин айтты.
Жуўапкерлерге экспорт көлеми 50 миллион доллардан асқан кәрханаларға айланыс ушын 10 миллион долларға шекем ресурс ажыратыўды жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги