Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-апрельдеги «Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-153-санлы қарарының әҳмийетин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде, Тахтакөпир районы мәжилислер залында семинар шөлкемлестирилди.

Оған район ҳәкими Ж.Адилов, республикадан бириктирилген ўәкил А.Халимов қатнасып, семинар қатнасыўшыларына «e-auksion» платформасы бойынша кең түрде мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, илажда дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын егислик жер майданын алыў нийетин билдирген қатнасыўшылардың пикир-усыныслары үйренилип, аймақтағы бос турған егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў кереклиги ҳаққында атап өтилди.

Семинарда Президент қарары бойынша анық ислениўи тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги