Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.

Атап өтилгениндей, Зарбдор районындағы «ДМ-1» каналынан суў ишетуғын Истиқбол, Нурафшан, Намуна, Ғалаба мәҳәллелеринде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилсе, дийқанлардың 1 мың гектар жеринде, сондай-ақ, район жасларына бөлип берилген 3 мың гектарда қаўын жетистириў ҳәм оны қайта ислеў арқалы 28 миллион доллар экспорт етиў мүмкин.

Зарбдордың 12 мың гектар жерлери «ДМ-3» каналынан ең нәтийжели болған өзи ағар жабық қубыр усылында суў алыўға мөлшерленген. Бирақ оның 160 километри жарамсыз ҳалға келген.

Жуўапкерлерге каналды оңлаў жойбарын келеси жылы инвестициялық бағдарламаға киргизиў тапсырылды.

Усындай суўғарыў тармағын Замин районына да тартып барыў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА