Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күнине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте «Конституция билимданы» атамасында таңлаў өткерилди.

Оған Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары қатнасты.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Г.Нәжекова биринши, 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы С.Жолдасбаева екинши ҳәм 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы З.Яўмытбаева үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Таңлаў соңында жеңимпаз оқыўшылар ҳәм оған белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги