Грузия Парламенти Баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып турыпты.

Усы жылдыӊ 8-апрель күни Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Грузия делегациясы менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар көп әсирлик дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплери тийкарында жедел раўажланып атырғаны, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ушын барлық имканиятлар бар екени атап өтилди.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-логистика, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди кеӊейтиў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Онда Ҳүкиметлераралық комиссия жумысы әҳмийетли орын тутатуғыны, оныӊ гезектеги мәжилиси күн тәртибин еки тәреп ушын да бирдей пайдалы болған жойбарлар менен байытыўға айрықша итибар қаратыў керек екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги