Қарақалпақстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Қараөзек районлық бөлими тәрепинен Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында үй алды қыйтақ жерлеринде картошка егиўге арналған көргизбели семинар болып өтти.

Семинарға район ҳәкими У. Утамбетов, аймақ турғынлары менен  аўыл хожалығы қәнигелери қатнасты.

Онда шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин сақлаў, ишки базардағы баҳаларды арзанлатыў ушын картошка ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлерин өз ўақтында егиў арқалы ҳәр бир шаңарақ қыйтақ жерлеринен қосымша дәрамат табыў мүмкиншилиги бар екенлиги, ыссыханаларда нәл жетистириў бойынша айтып өтти.

Атап айтатуғын болсақ, быйылғы жылы Қараөзек районы бойынша  464,1 гектар майданға картошка егиў жобаластырылып, ҳәзирги ўақытта жоқары өнимдарлы картошка егиў жумыслары фермер хожалықлары ҳәм 13 өзин-өзи басқарыў уйымларындағы қыйтақ жер ийелериниң шаңарақларында баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги