ХIХ әсирдеги қарақалпақ классик әдебиятының ең көрнекли ўәкиллериниң бири, көркем сөз шебери Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналған илажлар даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ўәкиллери менен биргеликте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм белсенди студент-жаслары уллы сөз зергери, қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шайырдың мақбарасы жайласқан Мойнақ районына жетип барды.

Райондағы «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан мақбарада уллы шайыр бабамыздың руўхына қуран оқылып, мақбара әтирапында абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди.

Елимизге белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар жасларға Әжинияз шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берип, оның қосықлары, поэмаларының әдебиятымыз тарийхындағы орны туўралы айтып өтти.

Мийманлар райондағы Мәденият үйинде болып, дәслеп оның фоэсинде шөлкемлестирилген көркем әдебий китаплар ҳәм өнерментшилик буйымларының көргизбелерин тамашалады.

Соң бул жерде Әжинияз дөретиўшилигине қызығыўшы жаслар, райондағы дөретиўшилер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң  қатнасыўында илимий-әмелий конференция өткерилди.

Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақ халық шайыры, классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилген. Конференцияда сөзге шыққанлар Әжинияз Қосыбай улының дөретиўшилигине байланыслы мағлыўматларды атап өтти.

Илаж Мойнақ районы Мәденият бөлиминиң хызметкерлери ҳәм 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдардарламасы менен даўам етти.


Районға келген мийманлар елимиз бойлап даўам етип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажларға өз үлесин қосып, “Дослық бағы”на саяманлы терек нәллерин екти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги