Усы жыл 8-декабрь күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында киши бизнеске жәрдемлесиў орайыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда “Бизнести раўажландырыў банки” акционерлик-коммерциялық банки, Өзбекстан Республикасы Киши бизнести раўажландырыў фондыныӊ басшылары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, исбилерменлер, кеӊ жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаӊа орайдыӊ ашылыўы менен қутлықлады. Сондай-ақ Киши бизнести раўажландырыў фонды баслығыныӊ биринши орынбасары Б.Низамов, исбилермен Г.Хожамуратовалар орайдыӊ абзаллықлары, оныӊ исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.


Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 14-сентябрьдеги “Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай ҳәм  институционал қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплексли бағдарламасы әмелге асырылмақта. Бул бағдарлама  киши бизнес бойынша “үзликсиз хызметлер шынжыры”н жаратыўды нәзерде тутады.

“Биснести раўажландырыў банки” акционерлик-коммерциялық банки бағдарламаны әмелге асырыў ҳәм оны турақлы түрде жетилистирип барыў бойынша тийкарғы таяныш банки сыпатында белгиленген. Бул банк тәрепинен бағдарлама қатнасыўшылары ушын электрон платформа – “Бизнес портал” шөлкемлестиреди. Пуқаралар менен исбилерменлер порталға онлайн арза бериў арқалы онда қатнасыўы мүмкин.

Бағдарлама шеӊберинде банктиӊ шөлкемлестириўинде Киши бизнести раўажландырыў фонды ҳәм оныӊ қурамында аймақларда  14 киши бизнеске жәрдемлесиў орайлары шөлкемлестирилди.

Нөкисте жумыс баслаған жаӊа орай  киши бизнестиӊ жойбарларын таӊлаў, инициаторларды оқытыў, қаржыландырыў, мәлимлеме менен тәмийинлеў, бизнес режелер ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў, базар табыў менен байланыслы комплексли хызметлерди көрсетиў сыяқлы илажларды әмелге асырады.

“Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплексли бағдарламасына муўапық, инициаторлар киши бизнеске жәрдемлесиў орайлары тәрепинен таӊлап алынады ҳәм олар бизнес көнликпелерин қәлиплестириў бағдарында қысқа ҳәм орта мүддетли әмелий оқыў курсларында оқытылады. Усы оқыў курсларын табыслы тамамлап, сертификат алған инициаторлар бағдарлама шеӊбериндеги қоллап-қуўатлаў механизмлеринен пайдаланады.

“Бизнести раўажландырыў банки” акционерлик-коммерциялық банки тәрепинен бағдарлама қатнасыўшыларын қаржылай ҳәм консультативлик қоллап-қуўатлаў мақсетинде 9 түрдеги банк хызмети енгизиледи. Илаж қатнасыўшыларына банк хызметиниӊ әҳмийетли бағдарлары ҳәм енгизилген банк хызметлери туўралы толық мағлыўмат берилди.

Бүгинги күнге шекем республикамыздағы 1 мыӊ 159 инициатор орайдағы оқыўларда қатнасып, тест сынақларынан табыслы өтти. Соннан  944 қатнасыўшы сертификат алды. Ҳәзирги ўақытқа шекем 694 киши бизнес субъектине 60 миллиард сум кредит ажыратылды.

–Соӊғы жыллары Президентимиздиӊ басламасы менен республикамызда исбилерменлерге кеӊ имканият ҳәм жеӊилликлер жаратып берилмекте,–дейди Тақыятас районынан өнермент Ерсултан Отаров. –Орайда шөлкемлестирилген оқыўда қатнасып, 100 миллион жеӊилликли кредит алдым. Келешекте өним ислеп шығарыўды және де кеӊейтип, жаӊа жумыс орынларын жаратпақшыман.

Илаж қатнасыўшылары жойбарларды таӊлап алыў ҳәм қатнасыўшыларды оқытыў тәртиби, орайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги