Бугин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоиловтыӊ Грузия Парламенти Баслығы Шалва Папуашвили басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Сәўбет барысында делегация ағзаларына «Өзбекстан- 2030» стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, оныӊ шеӊберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар, жаӊа редакциядағы Конституция нормаларын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасыныӊ жумысы, палатаныӊ комитетлери, комиссиялары ҳәм депутатлардыӊ тийкарғы ўзыйпалары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Конструктивлик руўхта өткен ушырасыўда Өзбекстан-Грузия арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын және де кеӊейтиў ҳәм оны жаӊа мазмун менен байытыў, норма дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

Өз гезегинде, Шалва Папуашвили соӊғы жыллары Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған теӊ салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат, кеӊ көлемли реформалар ҳәм олардыӊ нәтийжелерин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, әмелий руўхтағы ушырасыўларды избе-из даўам еттириў, парламентлераралық бирге ислесиўди кеӊейтиў ҳәм беккемлеў еки тәреп мәплерине бирдей хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-коммуникация, тоқымашылық, электротехника, туризм, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы байланыслардыӊ көлеми барған сайын кеӊейип баратырғаны да сөз етилди.

Шын жүректен ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда тәреплер бирге ислесиў байланысларын жаӊа басқышқа алып шығыўға келисип алды.

М.Комилова, ӨзА