Президент Шавкат Мирзиёев 8-апрель күни Жиззақ ўәлаятына барды. Биринши мәнзил Фориш районындағы “Basalt Uzbekistan” кластери болды.

Фориш аймағы бойынша ўәлаяттағы еӊ үлкен район. Бирақ, жерден пайдаланыўдыӊ нәтийжелилиги әдеўир төмен еди. Дала ҳәм жайлаўларда, тийкарынан, шарўа бағылып, санаат кәрханасы жоқ еди.

Жети жыл алдын Форишқа санаат кирип келди – Олмосай кәнинен базальт тасын қазып алып, оннан талшық таярлаў жолға қойылды. Кем ушырасатуғын, инновациялық технология тийкарында қурылыс санааты ушын әҳмийетли болған арматура ҳәм сеткалар ислеп шығарыла басланды.

Мәмлекетимиз басшысы 2019-жыл январь айында бул кәрханаға барып, оныӊ жумысын және де кеӊейтиў, өнимлердиӊ түрин көбейтиў бойынша көрсетпелер берген еди.

Сол тийкарда базардағы талап, шийки зат алынатуғын кәнлер үйренилди. Германия, Франция, Италия, Чехия сыяқлы мәмлекетлерден еӊ заманагөй технологиялар алып келинди. Нәтийжеде 300 гектар майданда улыўма баҳасы 498 миллион долларлық алты жойбар шөлкемлестирилип, кәрхана кластерге айланды.

Мәмлекетимиз басшысы шийки зат таслары ҳәм таяр өнимлерди көзден өткерди.

Кластерде жылына 177 мыӊ тонна базальт тасынан арнаўлы талшық, директ ровинг, фибра, арматура, композит гоесетка, қубырлар, материал ҳәм ыссылық-изоляция плиталары сыяқлы 42 түрдеги өним ислеп шығарылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы 45 мыӊ тонна 554 миллиард сумлық өним таярланады. Оларға дүньяда талап жоқары. Өнимлердиӊ 80 проценти АҚШ, Англия, Польша, Италия, Чехия, Грузия, Россия, Түркия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилген.

Кластерде 1 мыӊ 700 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген

Қәнигелердиӊ айтыўынша, базальттан таярланған қурылыс материаллары тат баспайды. Жеӊил, бирақ беккем. Бетон араласпаларыныӊ силтили орталығына, дузлы ҳәм кислота араласпаларына шыдамлы. Дийўалға базальт материалын қолланыў беккемликти арттырады, имаратта ыссылықты жақсы сақлайды. Жаныўшаӊ емес екени және бир әҳмийетли тәрепи. Соныӊ менен бирге, өнимниӊ баҳасы да салыстырмалы арзан.

Бул өнимлерди коммунал хожалығы, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, нефть-газ ҳәм басқа тармақларда қолланыў бойынша презентация етилди.

Президентимиз буныӊ абзаллықларын исбилерменлерге түсиндириў, олардыӊ өз-ара бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша көрсетпе берди. Жаӊа мәмлекетлерге сапа сертификатларын алып, сыртқы базарға шығыўын және де жеделлестириў, халықаралық қурылыс ҳәм санаат компаниялары менен бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Келеси жылы кластердиӊ кәрханаларынан бири – “Басфибер трейд” тәрепинен жылына 25 мыӊ тонна базальт тасынан талшық ҳәм материал ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылады. Ҳәзирги ўақытта 145 миллион долларлық зәрүр үскенелер келтирилген. Бул жаӊа жойбар тийкарында ислеп шығарылған өним ишки талапты қаплаў менен бир қатарда, 90 проценти экспортқа қаратылады.

Жуўапкерлерге усы жердиӊ өзинде 500 миллион долларлық, қосымша қун жоқары болған 20 түрдеги жаӊа жоойбарларды жайластырыў ўазыйпасы қойылды. Нәтийжеде қосымша 2 мыӊ жумыс орны пайда болады.


ӨзА