Көпшиликтиң хабары болғанындай, быйыл Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынлары болып өтеди. Ҳәзирги ўақытлары дүньяның көплеген еллеринде төрт жылда бир мәрте өткерилетуғын усы абырайлы турнирге қатнасыў ушын рухсат бериўши халықаралық жарыслар өткерилмекте.

Усындай жарыслардың бири 19-21-апрель күнлери Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында өткерилип, онда  спорт гүреслери бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзалары Париж-2024 Олимпиада ойынлары ушын Азия лицензия турниринде қатнасады.

Атап айтатуғын болсақ, грек-рим гүреси бойынша сайланды команданың бас тренери Равшан Рўзиқулов Олимпиада лицензиясы ушын беллесетуғын палўанларымыз қатарында 87 кг салмақта жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратовтың да атын атап өтти. Сондай-ақ, бул жарысқа 67 кг салмақта Аброр Атабаев, 97 кг да Рустам Ассакалов ҳәм 130 кг да Тимур Насимовлар да қатнасады.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, өткен жылы Сербия пайтахты Белград қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында грек-рим гүреси бойынша -60 кг салмақта Исломжон Баҳромов, -77 кг да Арам Варданян мүддетинен бурын Париж-2024 Олимпиадасы лицензиясын қолға киргизген еди.

Жалғасбай менен бир қатарда, бул турнирге республикамыздан ҳаял-қызлар гүреси бойынша -50 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева,-62 кг да Гүлмира Айтмуратова, -68 кг да Набира Есенбаева ҳәм -76 кг да Светлана Ақназаровалар Олимпиада жолламасы ушын гүреске түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги