Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде   Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы-инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқық  ҳәм еркинликлериниң  ҳуқықый негизи» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Әдиллик министрлиги ҳәм сиясий партиялардың ўәкиллери, юридика факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. Конференцияны университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Илажда сөзге шыққанлар Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги ҳәм инсан ҳуқықлары усы ҳүжетте өз сәўлелениўин тапқанлығын атап өтти.

Конференцияда баянатлар тыңланып, пикир-усыныслар билдирилип,  сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги