Тахтакөпир районлық Мәденият орайында районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында, «Туран мектеп театры» республикалық таңлаўының районлық басқышы өткерилди.

Оған район аймағындағы 21 улыўма орта билим бериў мектеплеринен командалар қатнасты.

Таңлаўда командалар белгиленген үш шәрт бойынша өз-ара беллести ҳәм өзлериниң актёрлық қәбилетлерин сынап көрди. Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды 3-санлы мектеп, екинши орынды 2-санлы мектеп ҳәм сыйлы үшинши орынды 12-санлы мектеп оқыўшылары ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.





Таңлаўдың районлық басқышында жеңимпаз атанған 3-санлы мектеп командасы Нөкис қаласында болып өтетуғын республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги