Өзбекстан Бас Прокурорының сапары нәтийжели болмақта

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев басшылығындағы прокуратура уйымлары делегациясының Россия Федерациясына барғаны ҳаққында хабар берген едик.
Россия Федерациясы Бас прокуроры И.Красновтың мирәт етиўине бола шөлкемлестирлиген сапар шеңберинде Н.Йўлдошев бир қатар нәтийжели ушырасыўларды әмелге асырды.
Сапар етиўдиң дәслепки күнинде Россия Федерациясы Бас прокуроры И.Краснов пенен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Бас прокуратуралары арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Бас прокуратура мәлимлеме системасының мәлим етиўинше, сапар шеңберинде басқа да ушырасыўлар өткерилди.
Н.Йўлдошев Россия Қурылыс, архитектура ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Москва Мэриясының басшылары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўлар даўамында Россия тәрепи өзбекстанлы кәсиплеслерин Москва қаласы мысалында «Қәўипсиз қала» системасы менен таныстырды.

Сондай-ақ, Бас прокуратура делегациясы Қурылыс, архитектура ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлигиниң кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысы менен танысты.
Буннан тысқары, Бас прокурор Н.Йўлдошев ҳәм Россия Федерациясы Тергеў комитетиниң баслығы А.Бастрикин арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў даўамында Бас прокурор Россия тәрепин Өзбекстан прокуратура уйымларында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, жасырын экономикаға қарсы гүресиў ҳәм бул бағдарда тергеўшилердиң кәсиплик таярлығын арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлер менен танысты.
Тәреплер кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўда бирге ислесиў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде өз-ара байланысларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Тәреплер келеси жылларға мөлшерленген Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойыўға келисип алды.
Өзбекстан Бас прокуроры Н.Йўлдошев Россия Финанслық мониторинг федераллық хызмети директоры Ю.Чиханчин менен де ушырасыў өткерди.
Тәреплер жасырын экономика, финанслық жынаятлар ҳәм нызамсыз дәраматларды легалластырыўға байланыслы жынаятлардың алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер бойынша пикир алысты.
Өз гезегинде, Бас прокурор россиялы кәсиплеслерин Өзбекстан прокуратура уйымлары системасында, атап айтқанда, ҳадал исбилерменлик системасын қорғаў, дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў бағдарындағы илажларды жетилистириў ҳәм жасырын экономикаға қарсы гүресиў механизмлериниң нәтийжели қадағаланыўы ҳаққында мағлыўмат берип өтти.
Илаж конструктивлик сөйлесиў ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өтип, тәреплер экономикалық жынаятлардың алдын алыў тараўында уйымлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
Норгул АБДУРАИМОВА
ӨзАның хабаршысы