«Қарабөрик» топары жеңимпаз атанды

155

Қараөзек районында мектеп оқыўшылары арасында «Туран» мектеп театры таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Қарабөрик» топары биринши, 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Айқулаш» топары екинши ҳәм 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Пәрўаз» топары үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.


Сондай-ақ, 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Қарабөрик» топары «Туран» мектеп театры таңлаўының республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги