Мәмлекетимизди жасыл аймаққа айландырыў, өсимликлерди қорғаў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Нөкис районында да «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары қызғын даўам етпекте.
Самарқанд ўәлаятының фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен районға 5 мың түп қәрели нәллери ҳәм 10 мың түп Разамат ата, тайпи, қара кишмиш сортлы жүзим нәллери алып келинди. Алып келинген нәллер районлық фермерлер Кеңеси тәрепинен “Дийқан арна” мәкан пуқаралар жыйынына 1000 түп жүзим ҳәм 500 түп қәрели нәллери, “Саманбай” ҳәм “Арбашы” аўыл пуқаралар жыйынына 1000 түп жүзим ҳәм 500 түп қәрели нәллери тарқатылып ҳәм нәл егиў жумыслары алып барылды.
Бул жумыслар барлық аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги