Республикамыз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Кегейли районында нәл егиў ҳәм бағ жаратыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Орол Агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 15 гектар жер майданға 18 мың түп «Ризамат ота» , «Хусайни» ҳәм «Келин бармақ» сыяқлы ең жақсы жүзим сортлары алып келинип, жүзим нәллерин егиў жумыслары басланды.

Интенсив усылда жаратылып атырған бул жүзим бағын шɵлкемлестириў ушын 10 нан артық пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, жумыслар агротехникалық қағыйдаларға сай алып барылмақта.

Әлбетте, әмелге асырылып атырған жумыс кɵлеми салмақлы. Алдағы режелердиң орынланыўы болса, Жүзимбағ аўылында жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын кɵбейтиў, аграр тараўды және де раўажландырыўға сезилерли дәрежеде хызмет етеди.

Демек, «Жасыл мәкан» жойбары тек ғана терек егиў жумыслары менен емес, ал, бағ жаратыўдай ийгиликли басламалары менен де әҳмийетли есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги