Соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, мәҳәллелерде спорт пенен шуғылланыўшы жаслардың санын арттырыўға, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәммемизге белгили.

Соның ишинде, елимиз бойлап ҳәр жыл сайын «Бес баслама олимпиадасы»ның өткерилиўи республикамыз аймақларынан көплеген талантлы жаслардың кең жәмийетшиликке танылыўында әҳмийетли орын ийелеп келмекте.

Быйылғы жылы республикамызда «Бес баслама олимпиадасы» жарысларына 10-март сәнесинен баслап старт берилген еди.

Оған Бозатаў районы жаслары да белсенди қатнаспақта. Атап айтқанда, март-апрель айларында  жеңил атлетика, стол тенниси, workout, шахмат-шашка ҳәм мәденият бағдары бойынша дәслеп аймақлық, соңынан районлық басқышлары өткерилди.

Жарыс даўамында өзлериниң жас категориялары бойынша күш сынасып, сыйлы орынларды ийелеген жасларымыз Жаслар ислери агентлиги Бозатаў районлық бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Соның ишинде, мәденият тараўының бақсышылық ҳәм эстрада бағдарында жас категориялары бойынша бир қатар жасларымыз қатнасып, жарыс жуўмағында төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланды. Атап айтатуғын болсақ, Г.Азатбаева, Г.Аманбаева, Г.Тилепбаева, С.Сейдуллаев, Ш.Батырымбетов ҳәм Қ.Сейтимбетовлар «Бес баслама олимпиадасы»ның республикалық басқышына жоллама алды.

С.Тажибаев,

Жаслар ислери агентлиги Бозатаў районлық бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги