Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районында да шигит егиси жумыслары басланып кетти.
Усыған байланыслы район аймағындағы «Турсынбай-Абыз» фермер хожалығында шигит егисине арналған көргизбели семинар болып өтти.
Oған райондағы сектор басшылары, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм дийқан фермерлер қатнасты.
Онда район ҳәкими Жамбул Адилов, Өзбекстан қаҳарманы Сәрсенбай Сейтназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шигит егиўдиң жаңа агротехникалық қәделери, ис өнимдарлығын арттырыўдың утымлы усыллары ҳәм дийқан-фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпаларына тоқтап, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.
-Быйылғы жылы жәми 5 мың 100 гектар майданға шигит егиў режелестирилген,-дейди бизге район ҳәкиминиң орынбасары Сейдулла Досбергенов.- Бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў ушын районда 7 отряд дүзилип, оларға 28 жуўапкер ўәкиллер ҳәм 562 техника бириктирилди. Районымыз дийқанлары тез күнлер ишинде шигит егисин сапалы жуўмақлайтуғынлығына исенемен. Буның ушын бизлерде барлық имканият ҳәм мүмкиншиликлер бар.
Илаж даўамында жуўапкер басшылар ҳәм атайы дийқанлар тәрепинен жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги