Бажыхана уйымлары тәрепинен берилген жеӊилликлердиӊ дурыс ҳәм орынлы қолланылыўын мониторинг етиў барысында айырым исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекет бюджетине өндирилетуғын бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде бажыхана рәсмийлестирилиўи тәртибин турпайы бузыўға урыныў жағдайлары анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Қоӊырат” сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постыныӊ хызметкерлери тәрепинен республикамызда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектларинен бириниӊ атына Қытай мәмлекетинен алып келинген трубалар үйренилгенде, оларда ҳүжжетлерде  көрсетилгениндей двигатель бөлеклери жоқ екенлиги, керисинше бул трубалар бураўлаў ушын мөлшерленгени анықланды. Тайынланған классификациялаў экспертизасыныӊ қарарына бола, бул товар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ  2021-жыл 4-июньдағы  “Өзбекстан Республикасыныӊ аймағына  импорт етиўде бажыхана бажысы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын уқсасы республикада ислеп шығарылмайтуғын жаӊа технологиялық әспаб-үскенелердиӊ дизимин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарындағы дизимде көрсетилмегенлиги ҳәм оған бажыхана төлеми өндирилетуғыны мәлим болды.

Бул жағдай бойынша исбилерменлик субъектинен бажыхана төлемлери ушын мәмлекет бюджетине жәми 1 миллиард 617 миллион сум өндирилетуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги