Усы жыл 5-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс-қадағалаў хызметлериниң жумысларын жеделлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға арналған мәжилис болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, дәслеп бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген атырған нызам ҳүжжетлери, әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, әмелге асырылып атырған бундай илажларға қарамастан, айырым орынларда бир қатар нызамбузыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы сын көзқараста көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, 2023-жылы республика бойынша 530 түрли дәрежедеги лаўазымлы ҳәм жуўапкер шахслар сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен коррупцияға байланыслы 304 жынаятқа қол урылған. Бул жынаятлар ақыбетинде мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине бир қатар қаржылай зыян жеткерилген. Коррупцияға байланыслы анықланған жынаятлар бойынша айырым министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлердеги “комплаенс қадағалаў” системасы хызметкерлери тәрепинен тексериў-үйрениў, мониторинг, сораўнамалар өткериў, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәплер соқлығысыўын таллаў ҳәм сол сыяқлы жумыслар толық жолға қойылмаған.
Бүгинги күнде Комплеанс қадағалаў бөлимлери хызметкерлери тек ғана үгит-нәсият жумысларын өткериў менен шекленбекте. Соның менен бирге, айырым министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлерде қаржы-экономикалық жумысларды тәртиплестириў ҳәм қадағалап барыўшы ишки аудит хызметлери шөлкемлестирилген болып, айырымлары тәрепинен өз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық көзқараста болған. Бир қатар мәкемелердиң ишки аудит хызмети тәрепинен коррупцияға байланыслы нызамсыз ҳәрекет исленгенлиги бойынша бирде-бир тексериў яки үйрениў жумыслары өткерилмеген.
Мәжилисте бүгинги күнде бул ишки аудит хызметкерлери тек ғана профилактика жумысларын өткериў менен шекленип қалып атырғанлығы, соның менен бирге жумыс алып барып атырған республика бойынша тийисли тараўларды қадағалаўшы инспекциялардыӊ жумыслары да талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Сондай-ақ, өз ўазыйпасын атқарыўда немқурайдылық пенен қарағаны, белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын бир қатар тараў хызметкерлериниң лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилис жуўмағында тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги