Елимиз бойлап мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында «Үмит билимлендириўде», «Үмит тәрбияда», «Үмит билимде» сүрени астында ушырасыў кешелери болып өтпекте. Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да шөлкемлестирилди.

Ушырасыў Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының баслығы, Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Рустам Абдуллаев, оның орынбасары, Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Ҳабибулла Раҳимов,  Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларына мийнет сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор, профессор Қурбанбай Заретдинов, аўқамның дөретиўшилик бөлими бас қәнигеси, музыка изертлеўшиси, «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси ийеси Мухайё Набиева,  композитор Акмал Сафаровлар, сондай-ақ, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында болып өтти.

Дәслеп мийманларды филиал директоры А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзалары жоқары дәрежеде күтип алды. Мийманлар көргизбеге усынылған филиал студентлериниң илим-билим, көркем өнер ҳәм спорт тараўы бойынша түрли таңлаўлар менен жарысларда ерискен жетискенликлерин тамашалады.

Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған итибар, тараў хызметкерлерин қоллап-куўатлаў бағдарындағы жумысларды айрықша атап өтти. 

Буннан соң профессор Рустам Абдуллаев ҳәм Ҳабибулла Раҳимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде дөретиўши инсанларға қаратылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтип,  устазлар жетискенлиги, жаслардың қолға киргизген табысларына айрықша қызығыўшылық пенен баҳа берди.

Илажда мийманлар ушырасыў кешесин жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзаларын Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамының «Миннетдаршылык» хаты менен сыйлыклап, өзлериниң авторлығындағы китапларын саўға етти. Өз гезегинде филиал жәмәәти де усындай ушырасыўды шөлкемлестиргени ушын Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы ағзаларына өз миннетдаршылыкларын билдирди.

Илаж профессор-окытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги