Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен республика ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын  медиатур шөлкемлестирилди.

Медиатур қатнасыўшылары дәслеп райондағы  «Жаңа Өзбекстан» массивинде жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды ҳәм ол жердеги жаңа мектеп ҳәм балалар бақшасын барып көрди.

Наўрыз аўыл пуқаралар жыйынындағы “Жаңа Өзбекстан” массивинде ҳәзирги ўақытта социаллық объектлердиң қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Массивте 12,8 млрд. сумлық 330 орынлық улыўма билим бериў мектебин қурыў жумыслары ” SMP-748″ жуўапкершилиги шекленген жәмийети, ал 7,7 млрд. сумлық 180 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыс жумыслары болса “Нөкис Туран қурылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылмақта.   Медиатур даўамында қатнасыўшылар жаңа массивте қурып питкерилген Қанлыкөл районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми менен жақыннан танысты ҳәм зәрүр мағлыўматларға ийе болды.

Соң республика ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери райондағы “LAN-C” ЖШЖ Өзбек-Қытай қоспа карханасына барып, боян тамырын қайта ислеў процесслери менен танысты.

– Кәрхана тийкарынан боян тамырын қайта ислеп шығарады. Жылына 600 тонна боян тамыр сатыў қуўатлылығына ийе. Кәрханада 250 пуқара жумыс пенен тәмийинленип, 3,5 млн. долларлық тиккелей сырт ел инвестициясы киргизилген,-дейди кәрхананың ис басқарыўшысы Т.Жақсылықов.

Медиатур қатнасыўшылары райондағы “КАНТЕКС ИНВЕСТ” кәрханасында да болды. Мийманларды район ҳәкими Б.Султанов күтип алып, сәўбетлесиў даўамында районда, соның ишинде, усы  кәрханада әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Кәрхана елимизде жетистирилип атырған пахтаны қайта ислеп, сырт еллерге экспорт етиў менен шуғылланатуғын ири тоқымашылық кәрханаларының бири болып есапланады. Медиатур қатнасыўшылары кәрханадағы жумыс барысы менен жақыннан танысты.

Усы жерде баспасөз конферециясы шөлкемлестирилип, онда район ҳәкими Б.Султанов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине райондағы қурылыс ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

ҒХҚ ўәкиллери Қанлыкөл районы Мәденият бөлиминде өткерилип атырған “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” шоу бағдарламасына да қатнасып, мәдений дем алды. Сондай-ақ, олар райондағы  “Жайхун” стадионында болып, спорттың футбол түринен “Ҳәким кубоги” жарысының ашылыў салтанатына қатнасты.  Район ҳәкими Б.Султанов жарысты ашып берип, спортқа болған итибар ҳәм райондағы спорт тараўындағы жетискенликлерди атап өтти.

Медиатур қатнасыўшылары Бескөпир АПЖ аймағындағы “Жуман солақай” фермер хожалығы ҳәм онда жайласқан аўыл хожалығы өнимлерин сақлаўға арналған қоймахана жумыслары менен танысты. Фермер хожалығы 2006-жылы дүзилген болып, ишки базарға азық-аўқат өнимлерин жетистирип береди. Қоймахана 200 тонна азық-аўқат өнимлерин сақлаў имканиятына ийе.  Ҳәзирги күнде бул жерде 0,5 гектарлық жүзимгершилик, 3,5 гектарлық алма, шабдал, алмурт ҳәм басқа да мийўе түрлери бар  бағ жаратылған. Буннан соң медиа тур қатнасыўшылары бул жердеги «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» бағдарламасы бойынша исленип атырған жумыслар менен танысып, Бескөпир АПЖ баслығы М.Бекмуратовтан бул жерде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар алды.

Медиатур даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги