Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тәбийғый пәнлер факультетинде 1-апрель – Халықаралық қуслар күни мүнәсибети менен «Қусларды қорғайық» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешеде институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Р.Ешмуратов, факультет деканы Қ.Реймов, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң баслығы А.Бегимовалар шығып сөйлеп, ана тәбиятымызда, елимиздиң биологиялық көп түрлилигинде қуслардың орны, оларды қорғаў, соның менен бирге, бул сәнениң тарийхы, дүнья мәмлекетлеринде белгилениўи ҳаққында әҳмийетли мағлыўматларды атап өтти.

Қусларды қорғаўға бағдарланған сәне биринши мәрте 1894-жылы АҚШтың Пенсильвания штатындағы Оил-Сити қаласындағы мектеп оқыўшылары тәрепинен белгиленген болса, кейин ала өткен әсирдиң басларынан дүньяның көплеген мәмлекетлеринде белгилене баслаған.

Халықаралық орнитологлар аўқамының соңғы мағлыўматларына қарағанда, дүньяда 11 мыңнан аслам қус түри дизимге алынған болса, 1500-жылдан ҳәзирги күнге шекем антропоген тәсирлер ақыбетинде 160 түри улыўма жоқ болып кеткен. Бүгинги күнде 1200 қус түри жоқ болып кетиў қәўпи астында қалмақта.

– Қарақалпақстан Республикасы фаунасында қуслардың 319 түри дизимге алынған болып, соннан 45 түри Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген. Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының Қызыл дизимине болса елимиздеги қуслардың 46 түри киргизилген. Қуслар – бизиң тәбияттағы ең жақын достымыз. Олардың түрлерин сақлап қалыў, көбейтиў ушын жасларымыз арасында бүгингидей үгит-нәсият илажларын алып барыўдың әҳмийети үлкен,–дейди институттың зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасының доценти Альфия Турекеева.

Байрам кешеси «Қуслар даўысын тыңлап, олардың түрин анықлаў», «Қуслар ҳаққында қызықлы мағлыўматлар», «Қуслар көриниси», «Мозайка жыйнаў» сыяқлы бир неше таңлаўлар, соның менен бирге, факультеттиң талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, қызықлы сахналық көринислер менен даўам етти.



   

Илаж соңында белсене қатнасқан студентлер институт ректораты ҳәм факультет деканаты тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги