Әдиллик министрлигиниң тийисли буйрығы менен Есемурат Султамуратович Каньязов министрлик жанындағы Юристлер қәнигелигин арттырыў орайының директоры етип тайынланды.

Есемурат Каньязов 1971-жылы Шоманай районында туўылған. Мағлыўматы жоқары. Москва мәмлекетлик автомобиль жоллары институты, 1999-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги инженер-қурылысшы ҳәм юрист.

Ол өзиниң мийнет жолын Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәсләҳәтшиси лаўазымынан баслаған. 2001-жылдың апрель-октябрь айларында Өзбекстан Республикасы Әдиллик минстриниң жәрдемшиси, 2001-2005-жыллары Әдиллик министрлигиниң Экономикалық нызамшылық басқармасының баслығы, 2005-2011-жыллары Әдиллик министриниң орынбасары,  2011-2013-жыллары Әдиллик минстриниң биринши орынбасары, 2013-2019-жыллары Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң ректоры лаўазымларында ислеген.

Тайынлаўға шекем Е.Каньязов Әдиллик министрлиги Интелектуаллық мүлк департаментиниң баслығы лаўазымында ислеп киятырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги