Тынышлықтың қәдир-қымбаты ҳаққында сөз етилди

352

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 20-марттағы «Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер нуранийлар  ҳәм майыплар бирлеспеси шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығына таярлық көриў ҳәм белгилеў ҳаққында» ғы пәрманына тийкарланып Нөкис қаласындағы Жоллыбай Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде руўхый ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажға Арқа-Батыс әскерий округи «Ветеранлар»  кеңеси баслығы, отставкадағы подполковник А. Юсупов, усы округти хызметкери, аға лейтенант М.Зиўатдинов Аўғанстан урысы қатнасыўшылары, отставкадағы майор У.Аллаяров, О. Төрениязов, А.Сейдалиев ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Илажды мектеп директоры Ж.Досбергенов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Илажда сөзге шыққанлар тынышлықтың қәдир-қымбаты, Ана Ўатанды сүйип жасаў ҳәр бир пуқараның миннети екенлигин айта отырып,  өзлериниң бай өмир тәжирийбелеринен жасларға  айтып берди.

Илаж соңында Арқа –Батыс әскерий округи «Ветеранлар» кеңеси тәрепинен Аўғанстан урысына қатнасыўшы ветеранларға «Алғыснама»лар тапсырылды. Илаж даўамында Арқа-Батыс әскерий округи әскерий оркестри тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги