Бажыханашылар да елимиз бойлап “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, қоршаған орталықтың экологиясын тереклер егиў арқалы жақсылаўға үлес қосыў мақсетинде бел байлап, бир қатар илажларды әмелге асырмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласындағы Телеорай мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтетуғын айланба жол әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барды. Тасланды ҳалдағы 3 гектарлық жерди абаданластырып, тегислеп, аўдарып егиске таярлады.

  • Бул жерге бажыханашылар тәрепинен тут, катальпа, қарағаш сыяқлы жәми 3000 түп саяманлы терек нәллери егилди,-дейди илаж қатнасыўшысы Ю.Қудиярова.

Қуўанарлысы, бул нәллердиң келешекте көгерип өсип кетиўи ушын еки километрлик аралықта ағып өтетуғын дәрьядан салма қазылып, егилген тереклерге суў шығарыў жумыслары да жеделлик пенен алып барылмақта.

Бажыханашылар тәрепинен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар басқа орынларда да даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги