Нөкис районы «Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында Президентимиздиң 2022-жыл 22-август күнги «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында жаңадан шөлкемлестирилген BPO (Business Processes Outsourcing) – аралықтан турып хызметлер көрсетиў орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ Санластырыў бойынша мәсләҳәтшиси М.Елмуратов, район ҳәкими З.Зайтов, Санлы технологиялар министрлиги  Қарақалпақстан Республикасы  аймақлық басқармасы ўәкили, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, нуранийлар ҳәм жаслар қатнасты.

Орайдың баслы мақсети елимизде санлы технологияларды және де раўажландырыў, IT тараўында жасларымыздың билимлерин беккемлеў арқалы ҳәр қыйлы жойбарлар дүзилип, сырт елге экспорт хызметлерин көрсетиў тийкарында жасларды турақлы түрде жумыс пенен тәмийинлеў болып табылады.

-Бул орайдың ашылыўы биз жаслар ушын үлкен имканиятлар жаратпақта. Өзим IT тараўына қызығаман. Келешекте усы тараў бойынша билимлеримди жетилистирип, санлы технологиялар бағдарындағы жетик қәниге болыўды алдыма мақсет етип қоймақтаман,-дейди биз бенен сәўбетте райондағы 1-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы С.Пердебаев.

Илаж даўамында қатнасыўшылар орайдың жумыслары ҳәм ол жердеги жаратылған  имканиятлар менен танысты.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги