Хожели районы “Мустақыллық” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 14-санлы мектепте “Абат шаңарақ- абат көше-абат мәҳәлле” сүрени  тийкарында “Үш әўлад ушырасыўы” ҳәм Наўрыз байрамы сейили өткерилди. Оған Президент Админстрациясының жуўаплы хызметкери А.Жанузақов, район ҳәкими Ж.Ермашев, «Нуранийлар»  қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Шығып сөйлеўшилер елимизде халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын жаратылып атырған шараятлар, әсиресе, ертеңги келешегимиз болған жаслардың айдын келешеги ушын әмелге асырылып атырған унамлы ислер, нуранийларымыздың жәмийет ҳәм келешек әўлад алдындағы әдиўли ўазыйпаларына кеңнен тоқтап ɵтти. Салтанатлы кешеде миллий тағамлар, миллий кийимлер, түрли буйымлар көргизбелери ҳәм спорт ойынлары шөлкемлестирилди. Илаж даўамында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде барлық қатнасыўшылар тәрепинен ҳәр қыйлы  терек нәллери егилди.

Илаж шеңберинде рамазан айы мүнәсибети менен “Вахф” қоры тәрепинен район аймағында жасаўшы 500 нуранийға ифтарлық (аўыз ашар) дастурханы жайылып, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги