Нызамшылыққа бола, мәҳәллелерде ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайлары шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Орайларда бир социаллық жойбар шеӊберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардыӊ турақлы бәнтлигин тәмийинеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял-қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант ажыратылады.

Мәмлекетлик грант төмендеги категориядағы ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўға жәрдемлесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады:

— «Социаллық қорғаўдыӊ бирден-бир реестри»не, сондай-ақ «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген;

— жумыссыз, әсиресе, аўыллық жерлерде бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;

— сырт ел мийнет миграциясынан қайтып келген;

— майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;

— рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли жумыс пенен шуғылланып, дәрамат таўып атырған;

— адам саўдасынан ҳәм зорлық-зомблыққтан жәбир көрген, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған;

— улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған, ЖООға оқыўға кире алмаған яки жоқары билимлендириўде оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;

— алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги