Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Шымбай районында халықтың мүнәсип турмыс шараятын ҳәм пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди.

Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм мәҳәллелер жетилиги қатнасты.

Мәжилисте бүгинги күнде пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўы ушын олардың қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыў мәдениятын арттырыў, үй қапталында биогумус таярлаў, қусшылық, пал ҳәррешилик, шарўашылық сыяқлы халқымыз арасында пайдаланылып киятырған дәстүрий жумысларды кең түрде ен жайдырыў, сондай-ақ, жаслардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сын көзқараста талқыланды. Бул илажлар шеңберинде бар  имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине жәрдем бериў, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып дәрамат алыў, бунда пуқаралар жыйыны жетилиги системасы мүмкиншиликлеринен, ажыратылған жеңилликли кредитлер, субсидиялардан кең түрде пайдаланыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.

Соның менен бирге, усындай әҳмийетли ўазыйпаларды шөлкемлестириўде жол қойған қәте-кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар пуқаралар жыйынлары жетилиги интизамий жазаға тартылды.

Мәжилис даўамында бул бағдарда тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги