Елимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў жумыслары даўам етпекте.   Оныӊ бир қатар абзаллық тәреплери бар.

Санластырыў, жолламалар системасы, кепилленген система, реимбурсация усылардан есапланады. Мысал ушын санластырыў нәтийжесинде узыннан-узақ гезекке ҳәм артықша қағазпазлыққа шек қойылады. Соныӊ ушын басланғыш медициналық санитариялық жәрдем мәкемелерин санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

2024-жылы  мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық жумыслары бизиң республикамызда да басланды. Бунда тийкарғы итибар медицина хызметкерлериниӊ билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин компьютер комплектлери, локал тармақлар, жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеўге қаратылған.

Халықтың саны еки миллионнан асқан республикамызда 218 емлеўхана ҳәм медицина мәкемеси, атап айтқанда,  69 шаӊарақлық шыпакерлик пункти,  81 шаӊарақ поликлиникасы,  17 көп тармақлы  поликлиника жумыс алып бармақта. Бул медициналық мәкемелер халыққа электрон система арқалы хызмет көрсетиўди жолға қоймақта. Электрон системадағы мағлыўматлар тийкарында автомат тәризде есабатлардыӊ қәлиплесиўи медицина хызметкерлериниӊ ўақтын үнемлемекте.

Ҳәзирги ўақытта қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде көп тармақлы  орайлық ҳәм шаӊарақлық поликлиникалар, шаӊарақлық шыпакерлик пунктлеринде 947 медицина бригадасы дүзилген. Бул бригадалар бес медицина хызметкеринен ибарат болып халыққа сапалы хызмет көрсетеди.

Басланғыш медициналық-санитария жәрдеми мәкемелеринде 341 шыпакердиң көриў бөлмелери шөлкемлестирилген болып, олар тәрези, бойды өлшеў қурылмасы, тонометр, фонендоскоп, ЭКГ, пульсоксиметр сыяқлы керекли үскенелер менен тәмийинленген. Усы бөлмеде әмелиятшы мийирбийке еркин тәризде халықты Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ тийисли нормативлик ҳүжжетлери тийкарында тексериўден өткереди.

Халыққа басланғыш медициналық-санитария жәрдемин буннан былай да жақынластырыў мақсетинде бул мәкемелерде 1 мыӊ 189 орынлық күндизги емлеўхана шөлкемлестирилди. Олардыӊ жумыс ислеў ўақты 8.00 ден 20.00 ге шекем етип белгиленген.

Быйылғы жылы емлеўханаға мүрәжатлар менен қатнаўларға байланыслы мағлыўматлар, тар тараў қәнигелерине мүрәжатлар,  диагностика-лабораториялық анализлердиӊ нәтийжелери  электрон тәризде дизимге алыўға толық өтиледи. Медициналық бригадалардың жумысының нәтийжелилигин арттырыў, артықша қағазпазлықты азайтыў  мақсетинде шаңарақлық шыпакер, әмелиятшы ҳәм патронаж мийирбийкелер, акушеркалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың электрон мониторинги жүргизиледи.

Ҳәзирги күнлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды республикамызда да реимбурсация бағдарламасын енгизиўге таярлық көрмекте. Усы мақсетте дәриханалардың дизими таярланып, артериал гипертония, жүрек ишемик кеселлиги, қантлы диабеттиң екинши түри, бронхиал астма, өкпениң созылмалы обструктивлик кеселликлерин емлеў ушын жумсалатуғын қаржылар үйренилмекте.

Бул процесслерге Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен турақлы түрде әмелий жәрдем көрсетилмекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы