Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы,  шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниӊ Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниӊ  31 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Онда филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим аға прокуроры Қ.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниӊ ағзасы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ  профессоры Е.Қутыбаева, бажыхана басқармасы баслығыныӊ биринши орынбасары Н.Бердиев, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим аға прокуроры Р.Жалғасбаевлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды  Конституциямыз қабыл етилгениниӊ 31 жыллығы менен қутлықлады.


Атап өтилгениндей, ҳәр бир миллеттиӊ, мәмлекеттиӊ раўажланыўында әмелдеги нызамлар айрықша әҳмийетке ийе болып, ол биринши гезекте халқымыздыӊ ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға хызмет етеди. Мәмлекетимиздиӊ ҳәр бир тараўында ерисилип атырған жетискенликлерде инсанлардыӊ мәпи, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлеринен пайдаланыўы Бас нызамымызда белгилеп қойылғанлығы менен әҳмийетли.

Шығып сөйлеўшилер Констиуцияныӊ жаратылыў тарийхы, оған усы күнге шекем киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға тоқтап өтти. Бизиӊ ҳәр биримиз Конституциямыздыӊ мазмун-мәнисинен хабардар болыўымыз тийис. Себеби, ол мәмлекетимиздиӊ гүллеп раўажланыўыныӊ, халқымыздыӊ абадан турмысыныӊ, аймағымызда ҳәр күни жүз берип атырған жаӊаланыўлардыӊ ҳуқықый тийкары болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги