Имам Бухарийдиң ислам дүньясына танылған «Биррул волидайн» шығармасы дәслепки мәрте өзбек тилине аўдарылды

Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы мәлимлеме хызмети баслығы Шерзод Маматов мәлим етти.
Китапта перзент тәрбиясы, әмеллердиң абзалы – ата-анаға жақсылық етип, ҳүрмет көрсетиў, олардың пәтияларын алыў, ата-ананың перзенти ҳүрметине берген пәтиясының орынланыўы(мустажоб) ҳәм туўысқанлар арасындағы байланыс (силаи раҳм) пазыйлети, ағайинлерге жақсылық етиў сыяқлы темалардағы 76 ҳәдис жәмленген.
Ҳәдислердиң халықшыл ҳәм түсиникли болыўы ушын түсиник ҳәм пикирлер жазылды. Шығарманы түсиндириўде 50 ден аслам исенимли тарийхый дәректен пайдаланылды.
Китап ҳәм халықшыл қолланба Дин ислери комитетинде белгиленген тәртипте мәмлекет динтаныўшы экспертизасынан өткерилген.
Бул жаңа китапты Бирлескен Араб Әмирликлери, Түркия, Египет, Россия, Уллы Британия, Франция сыяқлы мәмлекетлердеги абырайлы китапхана ҳәм қорларына усыныў ҳәм мәмлекетимиз ҳәм сырт елдиң илимий-диний жәмийетшилиги арасында ен жайдырыў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги