Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Жас журналистлер” клубында “Радиожурналистикада хабар таярлаў технологиясы: жетискенликлер, кемшиликлер, усыныс ҳәм тилеклер” атамасында шеберлик сабағы болып өтти.

Журналистика тәлим бағдарының  4-курс студентлери “Жаңалықлар ҳәм аналитикалық журналистика” пәни тийкарында Қарақалпақстан радиосында хабар таярлаў ҳәм эфирден бериў жумысларын үйренди.  2024-жылдың январь-март аралығындағы  топланған материаллар тийкарында Нуржамал Базарбаева, Бийбисара Жолдасбаева, Гүлдана Ережепова ҳәм Несийбели Балтаниязовалар “Хабар” бағдарламасындағы материаллардың жанры, тематикасы, дәреклери ҳәм қайта ислеў технологияларын таллап, Өзбекстан көлеминдеги “Ёшлар”, “Маҳалла” радиоканалларындағы информациялық еситтириўлер менен салыстырыўға ҳәрекет етти.

– Өткерилген шеберлик сабағын теория ҳәм әмелияттың бирлиги, қәнигелик бойынша пайдалы пикирлесиў  деп баҳаласа болады, -дейди “Жас журналистлер” клубыныӊ баслығы, доцент Зыяда Қожықбаева. –  Бундай бирге ислесиўлер студентлеримиздиң кәнигелик бойынша көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етеди.


Илаж жуўмағында белсене қатнасқан студентлер Дарья Османова ҳәм Эмиль Фихреевтыӊ “Дата-журналистика қәнигеликке дәслепки қәдемин таслап атырғанлар ушын әмелий курсқа” әсбаплар топламы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги