Forbes жаңалаған миллиардерлер рейтингинде ҳиндистанлылар саны 200 ге жетти. Бир жыл алдын ҳиндстанлы миллиардерлер саны 169 еди, деп жазбақта The Economic Times.

«Ҳиндстан фонд базарында үлкен өсиўдиң даўам етиўи Forbesтиң 2024-жылғы рейтингинде ҳинд миллиардерлери санын кескин арттырып, 200 ге жеткерди», — делинеди хабарда.

Басылым аналитиклери Ҳиндстан миллиардерлериниң улыўма байлығын $954 млрд, деп баҳалады. Бул өткен жылдан 41 процент жақсырақ көрсеткиш ($675 млрд).

Reliance Industries компаниясының тийкарғы хожейини ҳәм басқарыўшысы, исбилермен Мукеш Амбани олар арасында биринши — оның байлығы бир жыл ишинде $83 млрддан $116 млрдқа көбейди. Ол дүнья миллиардерлери дизиминде 100 миллиардлық шекти биринши болып алған дәслепки азиялы болды.

Атап өтилиўинше, дизимдеги ҳиндстанлы миллиардерлердиң үштен еки бөлегинен көбиреги өткен жылға салыстырғанда байлығын көбейтип алған. 200 ҳинд миллиардериниң 25 и дәслепки мәрте абырайлы Forbes рейтингинде көринис берди.

Британияның Knight Frank консалтинг агентлигиниң март айында берген мағлыўматқа бола, 2028-жылы Ҳиндстанда оғада бай адамлар саны дерлик 20 мыңға жетеди, 2023-жылы олардың саны 13 мыңнан артық еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги