Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 5-апрель күни сапар менен мәмлекетимизде болады.

Ески Хийўа қаласында өтетуғын сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Өз-ара товар алмасыў көлемин көбейтиў, экономиканың әҳмийетли тармақларында кооперация байланысларын раўажландырыў, транспорт ҳәм энергетика тараўларында инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў, гуманитар бағдарламаларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртибиндеги мәселелерди де додалайды.

ӨзА