O‘ZLIDEP тиң Беруний районлық Кеңеси депутаты Лола Хожаниязова тәрепинен райондағы «Саркоп» АПЖ жетилиги жумыслары  үйренилди. Тийкарғы итибар мәҳәлледе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 209-пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша исленип атырған жумысларға қаратылды.

Аўылда социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар саны 2023-жылға салыстырғанда азайған. Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде мүрәжат еткенлер саны асқан, лекин өндирис  пенен шуғылланыўды қәлеўши жаслар азшылықты қурайды. Көпшилик ҳаял-қызларға үй шараятында ислеў ушын тигиў машиналары, печькалар берилгени менен олар жеке исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм  салық базасына киргизилмеген.

Аўыл пуқаралар жыйынында усы жылдың  январь айында ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў бойынша Министрлер  Кабинетиниң 145-санлы қарары тийкарында 5-басқыш «Ҳаял-қызлар дәптери» н қәлиплестириў ушын 8 адамнан ибарат жумысшы топар дүзилип, үйме-үй жүриў арқалы хатлаў исленген. Аймақта 30 жастан жоқары болған 936 ҳаял-қыз болып соннан 28 и ҳәзирги күнде сырт еллерде ислеў ушын кеткенлиги себепли қалған 908 нен анкета сораўнамалар толтырылып, 151 машқаласы бар  ҳаял-қызлар анықланған. Бул жумыслар тийкарында «Ҳаял-қызлар дәптери» не 5 топар бойынша киргизиў ушын дизимлер дүзилип, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимине усыныс етилди.  Ҳәр айда 5 ҳаял-қызды исбилерменлик, кестешилик ҳәм өнерментшиликке үйретиў бойынша 4-басқыш «Ҳаял-қызлар дәптери» ниң 1-топары социаллық жәрдемге мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар дизиминде турған үшеўине субсидия тийкарында тигиў машинасы алып барилип, бәнтлиги тәмийинленген.

Профилактикалық есапта турған 8 ҳаял­-қыз бенен  «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында сәўбетлесиўлер алып барылды. Олардың машқалалары анықланып, екеўине материаллық жәрдем ҳәм үшеўин жумысқа орналастырыў ушын «Ҳаял-қызлар дәптери» не киргизилди.

Ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде өткерилген илажлар нәтийжесинде 2023-жылдан 2024-жылдың биринши шереги даўамында жынаятшылық азайған.

Жаслар менен ислесиўде шешилиўи керек  болған машқалалар анықланып, жаслар жетекшиси жасларды спорт, мәдений илажларға қатнастырыў менен шекленбестен, олардың билимин ҳәм жаслық жигерин жәмийеттиң раўажланыўы ушын пайдалы ислерге тартыў бослығы көзге тасланады. Ҳаял-қызлар, әсиресе, тийкарғы жумыс орнына ийе болмаған жаслар арасында үгит-нәсият жумыслары  төмен дәрежеде. Нәтийжеде аймақта санаат өндириси, өнерментшилик жумыслары жолға қойылмаған. Аўыл турғынларының көпшилиги бүгин мәмлекетимиз Президенти тәрепинен халқымыз ушын жаратылып берилип атырған имканиятлардан бийхабар.

Депутат  Л. Хожаноязова  «Саркоп» АПЖ ның баслығы,  Жаслар жетекшиси, Ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси, ҳәким жәрдемшиси, салық ҳәм социаллық қорғаў хызметкерлери менен сәўбетлесип, оларға Президент пәрманының орынланыў барысын үйрениў ўақтында анықланған жетискенликлер менен бирге, орын алып атырған кемшиликлер  бойынша өз усынысларын берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги