Бүгин 4-апрель күни Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Agro Shomanay Klaster” инде быйылғы жылдың зүрәәти  ушын шигит егиў бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Қайыпов, район ҳәкими Б.Янгибаев, сектор баслықлары, тийисли аўыл хожалығы мәкемелери менен фермер хожлықлар ҳәм кластер баслықлары қатнасты.


Мағлыўмат ушын, Шоманай районында ис жүргизип атырған «Agro Shomanay Klaster» ЖШЖ ҳәм “EKO TEKS KLASTER» пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм 180 фермер хожалықлары тәрепинен быйыл жәми 6 900 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болып, бул жумыслар ушын 8 отряд дүзилип, 507 техника бириктирилген. Илаж даўамында жақсы тилеклер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди.

Буннан соң «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шаңберинде ҳәр қыйлы мийўели ҳәм декоратив нәллер егилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги