Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Жәмийетте идеологиялық иммунитетти беккемлеў” атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда  ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Жаслар қанаты бөлиминиң баслығы К.Худайбергенова, Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов,  профилактика инспекторы Қ.Қайыпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәр қандай халық ҳәм миллеттиң бирлигинде миллий идея әҳмийетли орын тутатуғынлығын атап өтип, раўажланып атырған мәмлекетимизде де усы мәселе үлкен әҳмийетке ийе екенлиги,  бузғыншы идеология ҳәм идеяларға қарсы унамлы идеялар тийкарында гүрес алып барыўды үгит-нәсиятлаў әҳмийетли мәселе екенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында студент-жасларға идеологиялық иммунитет қалайынша қәлиплесиўи, идеологиялық ҳүжимлер ҳәм оларға қарсы гүресиўде нелерге итибар қаратыў зәрүр екенлиги, бүгинги глобалласыў дәўиринде бузғыншы идея ҳәм идеологиялар тәсирине түсип қалмаў, оларға қарсы миллий идея ҳәм ийгиликли арзыўларға сүйенген ҳалда гүресиў керек екенлиги түсиндирилди.

– Ушырасыўда қатнасыўшыларға социаллық тармақлардағы зыянлы идея ҳәм идеологияларды үгит-нәсиятлайтуғын рәсмий емес каналлардағы надурыс мағлыўматларға исенбеў ҳәм олардың тәсирине түсип, алданып қалмаў, бундай материаллардан пайдаланбаў бойынша мәсләҳәт берилди,-дейди К.Худайбергенова.

Илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги